Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 26-март күнги “Жәмийет қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў тараўында ишки ислер органлары жумысларын сыпат жағынан жаңа басқышқа көтериў ис-илажлары ҳаққында"ғы пәрманына тийкар, Республикамыз аймағында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлыққа қарсы гүресиў, жүз бериўи мүмкин болған жынаятлардың алдын ерте алыўға қаратылған бир қанша унамлы жумыслар алып барылып атыр.Усы пәрманның қабыл етилиўи Нөкис районы ишки ислер органлары пробация топары қадағалаўында турған шахслардың социаллық турмысқа бейимлесиўине көмеклесиў, олардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплериниң исенимли қорғалыўын тәмийинлеў, қайта жынаят жүз бериўиниң алдын алыў, Өзбекстан Республикасы нызамларына ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, олардың минез-қулқын дүзетиў бойынша район аймағындағы мәмлекетлик органлары, мекеме шөлкемлер ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери менен тығыз бирге ислесиў жолға қойылған
Жоқарыда көрсетилгенлерге тийкарланып, 2021-жылдың 5-ноябр күни Нөкис районы “Ақманғыт” ППЖ имәратында көшпели суд мәжилиси шөлкемлестирилип, көшпели судта Нөкис районы ИИБ баслығының пробация топары қадағалаўында турып жазаларын өтеп атырған шахсларды мүддетинен алдын шәртли рәўиште азат етиў ҳаққындағы усынысы қаралды.
Жынаят ислери бойынша Нөкис районы судының баслығы А.Сейтанов тәрепинен Пробация есабында мийнетке дүзетиў ислери жазасын өтеп атырған шахслар Б.М, Е.Р ҳәм СҲ.Блар жазаны өтеў дәўиринде өзин жақсы тәрептен көрсеткенлигин, жумыс ҳәм жасаў орнынан жақсы пикирнама берилип мүддетинен алдын азат етиў ҳаққындағы илтимаснама келгенлигин есапқа алып, мийнетке дүзетиў ислери жазасынан Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 73-статясына тийкар, өтелмеген мүддетинен шәртли рәўиште азат етилип, Нөкис районы ИИБ баслығының усынысы қанаатландырылды.
Нөкис районы Ишки ислер бөлими
