Усы жылдың 5-7 ноябрь күнлери «Туркия» мәмлекетиниң Истанбул қаласында, спорттың шотакан карате до түри бойынша өткерилип атырған 11-жәҳән чемпионатында Бозатаў районы балалар-өспиримлер спорт мектебиниң тренер-оқытыўшысы Жумабийке Карабалаева 2 бронза ҳәмде шакирти Гүлжамал Жандуллаевалар 1 гүмис ҳәм 1 бронза медалларын қолға киргизди.Буннан алдын, Қалмуханова Айнура 4 жөнелис бойынша қатнасып 1 гүмис, 2 бронза медалын қолға киргизди.
Ал, Зулфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Гүлсәнем Оразбаева 4 жөнелис бойынша жеңимпазлық ушын гүресип 1 алтын, 2 бронза медалын қолға киргизген еди.
Бул чемпионатқа Бозатаўдан 3 спортшы қатнаспақта. Спортшыларымыз тәрепинен Бозатаўға 1 алтын, 2 гүмис, 7 бронза медаллары алып келинбекте. Жәми есапта спортшыларды чемпионатқа тренер Жумабийке Карабалаева таярлады.
