logo

​Тахтакөпирде жаңа завод иске түсиў алдында

Бүгин елимизде пахташылық, ғәллешилик тараўларында бирнеше кластерлер жумыс жүргизбекте.
Солардың бири Ерполат Қурбанов басшылық етип киятырған «Қарақалпақстан Агрокластер» ЖШЖ есапланады.

Быйыл Тахтакөпир, Қараөзек ҳәм Нөкис районындағы пахташылық пенен шуғылланыўшы фермерлер менен 19 мың 250 тонна пахта жетистириў бойынша өзара шәртнама дүзген бул жәмийет, бәҳәр айларында өз қаржылары есабынан бурынғы Тахтакөпир пахта қабыллаў пункти негизинде жылына 25-30 мың пахтаны қайта ислеў мүмкиншилигине ийе заманагөй пахта тазалаў заводының қурылысын баслаған еди. Әйне күнлери бул заводтың қурылыс жумыслары жуўмақланып, имарат ишине пахтаны қайта ислеўши үскенелер орнатылмақта.

Жәмийет баслығының айтыўынша, завод өз жумысын басласа, ол жерде 200 ден аслам адам жаңа жумыс орынлары менен тәмийинленеди. Бул өз гезегинде Тахтакөпир районының социал-экономикалық жақтан еле де раўажланыўына өзиниң унамлы тәсирин тийгизеди.

Әдилбай Оразов,
@el_xizmetinde

Соңғы жаңалықлар