logo

«Orta Aziya Media mektep»те ҚМУ студентлерди тәрепинен исленген жойбар жеңимпаз деп табылды

Усы жылдың сентябрь, октябрь ҳәм ноябрь айларында заманагөй журналистиканы раўажландырыў орайы тәрепинен Германияның "Deutsche Wella" академиясы менен шерикликте исленген жәми үш модулдан ибәрат «Orta Aziya Media mektep»те ҚМУда оқып атырған «Jurnalistika» тәлим бағдары студентлерди белсене қатнасты. Олар мектепте журналистика ҳәм менежмент бойынша тәлим алды.

Мектепте түрли жойбарлар ислеў керек болып, жойбар халықты қыйнап атырған машқалаларды шешиўден ибәрат болыўы керек еди. Мектеп даўамында «Jawındi ku'tip», «Meni alıp ket», «Urlıq turmıs», «Milliy» сыяқлы жойбарлар усыныс етилди. Олардан ҚМУ студентлерди Акмал Сражатдинов ҳәм Айгул Жийенбаева группалары менен исленген жойбарлар жеңимпаз деп табылды.

Ендиликте бул жойбарлар турмыста әмелде қолланыўға таярланып атыр.

Қарақалпак филологиясы ҳәм журналистика факултетиниң 4-курс студенти Акмал Сражатдинов медиа мектебиниң «Menejment» бағдарында тәлим алды ҳәм топары менен "Meni alip ket" жойбарын финанслық тәмийинлеў бойынша өз тәртиплерин дүзип шықты ҳәм жуўмақта жойбар жеңимпазы деп табылды.

Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факултети «Internet jurnalistikasi» бағдары 3-басқыш студенти Қдырбаева Ҳамире өзиниң "Milliy.uz" жойбары ушын сыйлықланды.

Жойбар мәниси Өзбекстанның барлық аймағында миллий үрп-әдетлер ҳәм кийимлер, тарийхый естеликлер ҳаққында болып, тийкарынан туризм саласын раўажландырыў, сырт еллик туристлер ушын рус тилинде де инглиз тилинде де еле аты белгили болмаған тарийхый естелик, үрп-әдетлер ҳаққында кең түрде мағлыўмат жеткизиў. Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факултетиниң 4-басқыш студенти Жийенбаева Айгул "Meni alıp ket" жойбары жеңимпаз деп табылды ҳәм сыйлықланды. Жойбардың тийкарғы әҳмийети Республикамызда Меҳрибанлық үйлериниң санын кемейтиў ҳәм балалардың шаңарақларда тәрбияланыўы есапланады.

Жойбар рус тилинде таярланды.

Студентлерди усы жетискенлиги менен қутлықлаймыз.

✍ KarOne.uz

ҚМУ Баспасөз хызмети.

Соңғы жаңалықлар