Ноябрь айының орталарында диаметри 170 метрден 380 метрге шекем болған потенциал қәўипли 2004 UE астероиды Жер жанынан ушып кетеди. Бул ҳаққында NASA мағлыўматларына тийкарланып хабар берилген.Айтылыўынша, үлкенлиги үш футбол майданына тең келетуғын астероид усы жылдың 13-ноябрь күни Жерге минимал аралықта жақынласады.
Америка агентлигиниң есап-китапларына бола, астероид планетамыздан 4 миллион километр узақлықта ушып өтеди, бул Жерден Айға шекем болған 11 ден артық аралықты қурайды.
2004 UE астероиды Apollon топарының бир бөлеги болып, ушыў жоллары Жер орбитасы менен кесилисетуғын потенциал қәўипли астероид болып табылады. Астероидтың биринши бақланыўы 2004-жылға дурыс келеди. Кейинги сапар астероид 2051-жылы Жерге жақынласады.
Дерек: Makan.uz
