logo

Шымбай районында Оржап МПЖ көшелери оңланып атыр

«Абат аўыл» ҳәм «Абат мәкан» мәмлекетлик бағдарламалары тийкарында алыс аўыллардан баслап, қала ҳәм район орайларындағы мәкан пуқаралар жыйынлары аймақларындағы ишки хожалық жоллары оңланып атыр. Бағдарлама шеңберинде топырақ жолларды қум-щебен араласпалы жолға айландырыў, күнделикли оңллаўға мүтәж жолларға болса асфальт төсеў жумыслары жүргизилмекте. 

Бағдарлама шеңберинде Шымбай районы Оржап мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 2 көшеге асфальт, 27 көшеге ЩПС төселиўи режелестирилген болып, булл бағдарлағы жумыслар жуўмақланыў алдында тур. Буннан тысқары, қосымша 2 көшеге ЩПС төселиўи режелестирилген.

Аймақтағы Матсапаев 1-көшесине к4үнделикли оңлаў жумыслары шеңберинде асфальт төселди. 

Бағдарлама шеңбериндеги жумысларды алып барыўдан тийкарғы мақсет, аймақлар ҳәм кеўиллер абатлығы, жоллардың айдын ҳәм тегис болыўын тәмийнлеў.

Қарақалпақ Автожол

Соңғы жаңалықлар