logo

Геширдиң баҳасы және көтериледи ме?

Өзбекстанда ноябрь айындағы геширдиң баҳасын 2021-жыл июнь айы менен салыстырғанда 4-5 есеге шекем түскен. Бул ҳаққында ӨзР Аўыл хожалығы министрлиги Баспасөз хызмети хабар берген.

Министрликтиң хабар бериўинше, 20-июнь жағдайына, 1 кг геширдиң орташа усақлап сатыў баҳасы 6 -10 мың сўмды қураған болса, бүгинги күнде (2021-жыл октябрь-ноябрь) 2 мың сўмға шекем түсти, даланың өзиндеги орташа сатып алынған өним баҳасы болса 1 кг гешир ушын 1-1,5 мың сўм әтирапында болды.

Быйыл барлық хожалықларда гешир жәми 124,4 мың гектар (өткен жылға қарағанда, 18, 2 мың гектарға көп) майданда егилди. 2021-жылда жетистирилген 2 млн тоннадан артық өнимнен (жыйын-терим ислери даўам етпекте) тийкарғы бөлеги ишки базар мүтәжликлерин қандырыўға жөнелтирилмекте.


Дерек: KRuz.uz

Соңғы жаңалықлар