Нобелди 17 жасында қолға киргизген, өзбек жаслары арасында "Мен Малаламан" китабы менен атақлы Малала 24 жаста турмысқа шықты.Неке дәстүри Брингемда, кишигирим жақынлары қатнасыўында өткен.
Тийкары Пакистанлық болған Малала кишкантайынан баслап өзи жасап атырған аймақта қызларды тәлим алыўға үгит-нәсият еткен. 2012-жылда мектептен қайтып кыятрғанда "Талибан" ўәкиллери оған оқ атады, бирақ қыз тири қалады. Кейинирек АҚШқа миграция етилген қыз Оксфорд университетин тамамлайды ҳәм инсан ҳуқықлары белсендиси болып жетилиседи.
