logo

Бегзод Мусаев денсаўлықты сақлаў министри болады

Нызамшылық палатасында депутатлар Мусаев Бегзод Анваровични денсаўлықты сақлаў министри лаўазымына тайынлаў ҳаққындағы мәселени көрип шығып, мақуллаў бойынша қарар қабыллады. Бул ҳаққында депутат Расул Кушербаев  хабар берди.

Б. Мусаев усы кунге шекем бас министр орынбасары лаўазымында ислеген еди.

Еслетип өтемиз, Бегзод Мусаев 2018 жылдың май айында Ботир Парпиевтың орнына МСК баслығы ўазыйпасын орынлаўшы ретинде жумыс баслаған еди.

Бегзод Мусаев қәнигелиги бойынша економист болса-да, алдын да бир ўақтыниң өзинде денсаўлықты сақлаў министри ўазыйпасын атқарып келген.

Усы ўақытқа шекем денсаўлықты сақлаў министри лаўазымында Ҳожибоев Абдуҳаким Мўминович ислеп келген.

Соңғы жаңалықлар