Сыртқы мийнет миграциясы агентлигинде Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет мунасәбетлери министриниң биринши орынбасары Е. Мухитдинов, Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги баслығы Х. Умаров, Словакия Республикасының мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Я. Бори ҳәм «SLOVMEDIA SK s.r.o.» кадрлар агентлиги ўәкили Т. Брецк қатнасыўында ушырасыў болып өтти.Ушырасыўда Өзбекстанда шет елде ислеў нийетинде болған пуқаралар ушын жаратылған мүмкиншилик ҳәм жеңилликлер, атап айтқанда, кәсип ҳәм шет тиллерине оқытыў, шет елде ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилип, жерлеслеримизди Словакияда жумысқа тартыў мәселелери талқыланды.
Ушырасыў даўамында Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги ҳәм «SLOVMEDIA SK s.r.o.» кадрлар агентлиги ортасында Өзбекстан Республикасы пуқараларын Словакия Республикасына шөлкемлестирилген тәрзде жумысқа тартыў бойынша меморандумға қол қойылды.
Усы меморандум шеңберинде пуқараларды жүк машиналары айдаўшысы бағдары бойынша жумысқа жибериў нәзерде тутылмақта.
