logo

Хожелиде Файзуллаева Жумагүл апа бийпул жай менен тәмийинленди

Бүгин 2021-жыл 10-ноябрь күни Хожели районының ҳәкими Ж.М.Ермашев ҳәм прокуроры Д.Елмуратов басламасы исбилермен Р.Сариев жәрдеми менен "Сарышунгул" АПЖда жасаўшы Файзуллаева Жумагүл апа бийпул жай менен тәмийинленди.

Нураный Жумагүл апамыз 12-санлы мектепте өткерилген көшпели қабыллаўда турақ жайының жарамсыз ҳалатқа келип қалғаны, өзиниң тазадан жай салып алыўға күши жетпейтуғынлығын билдирип өтеди.

Сектор баслықлары тәрепинен исши топар дүзилип үйренип шығылады ҳәм бүгин 3 ханалы таза қурылған имараттың гилти салтанатлы түрде тапсырылды.

Хожели районы Ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Соңғы жаңалықлар