logo

«Ҳәр бир шөлкемде кәсиплик аўқамы искерлик көрсетиўи шәрт» - Президент

Президент Шавкат Мирзиёев мәмлекетте дәслепки рет белгиленип атырған 11 ноябрь — Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни мунасәбети менен тараў қәнийгелерине қутлықлаў хаты жибеди.

Бул жағдайда кәсиплик аўқамлары системасында 33 мыңнан аслам басланғыш шөлкемлер нәтийжели искерлик жүргизип атырғаны, 6500 ден зыят хызметкер ҳәм 300 мыңға жақын белсендилер мийнет етип атырғаны, аўқамлар 5,5 млн нан зыят ағзаларды бирлестиргени белгиленген.

«Ҳәр қайсы кәрхана ямаса шөлкемде әлбетте кәсиплик аўқамы искерлик көрсетиўи ҳәм басшылар әлбетте олар менен жақын шерикликте жумыс алып барыўы шәрт. Сонда ғана жәмийетимизде мийнет нызамшылық бузылыўы жағдайларының алды алынады, турмысымыздыңда социал әдалат және де беккем қарар табады», — деди президент.

Соңғы жаңалықлар