logo

Өзбекстанда доллар курсы 2022-жылда 11 300 сўмға шекем көтерилиўи мумкин

Өзбекстанның “2022-жыл ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекет бюджети хаққында”ғы нызамы жойбары ҳәм 2022-жыл ушын бюджетнама бойынша Есап палатасының жуўмағы дағазаланды.

Хабар берилиўине қарағанда, нызам жойбары ҳәм 2022-жыл ушын бюджетнама мәмлекетти келеси дәўирде социаллық-экономикалық раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларына муўапық ислеп шығылған ҳәм соңғы бес жылда әмелге асырылып атырған реформаларды системалы даўам еттириўге қаратылған.

Атап айтқанда, 2022-жыл ушын мәмлекет бюджети жойбарын қәлиплестириў процессинде бюджет қаржларын раўажландырыў программаларын әмелге асырыў ушын талап етилетуғын ақшалар муғдары ҳәм мақсетли индикаторлар белгиленген. Бунда, мәмлекет бюджети есабынан раўажландырыў программалары әмелдеги болмаған айырым министрлик ҳәм кеңселердиң мақсетли индикаторлары олардың стратегиялық мақсетлеринен келип шыққан ҳалда қәлиплестирилген.

2022-жыл ушын мәмлекет бюджети дәраматлары мәмлекет салық кеңселери бойынша 145,7 триллион сўмды (ЖИО 17,3%), мәмлекет бажыхана кеңселери бойынша 39,8 триллион сўмды (4,8%) ҳәм Финанс министрлиги бойынша 7,5 триллион сўмды (0,9%) қурамақта. 2022-жыл ушын мәмлекет бюджети дәраматларын прогнозы бюджет дәраматларына сезилерли тәсир көрсетиўши баҳа ҳәм валюта курсларының орташа муғдарлары тийкарында есап-китап етилген.

Атап айтқанда, прогнозларда валютадағы (1 АҚШ долларының орташа жыллық суммасы - 11 321 сўм), стратегиялық өнимлердиң баҳалары (1 троя унсыя алтын баҳасы — 1 700 доллар, гүмистиң баҳасы — 25 доллар, мыстың 1 тоннасына — 8 500 доллар, 1000 метр куб табиий газдиң экспорт баҳасы - 100 доллар ) кутилип атырған өзгерислер инабатқа алынған.

Соңғы жаңалықлар