logo

Бозатаўда 750 млн сум кредит пуллары талан-тараж етилген

«MIRZAEV RUSTEM SARWA» хәм «MOYNAQ AGROSNAB» фермер хожалықлары ҳәм АК Халық банки Кегейли филиалы Бозатаў районы банк хызметлерин көрсетиў орайында профилактика күни өткерилди.

Өткерилген илажда төмендегилер мәлим болды:
Орай хызметкерлери тәрепинен тил бириктирип 30 бас нәсилли қара мал алып келиў ушын ажыратылған 750 000 000 сум кредит пулларын лаўазымынан пайдаланып талан-тараж қылынған.

«Тынышлық сақшысы»ның жазыўынша, жоқарыдағы жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 167-статьясы 3-бөлими «а» бәнди ҳәм 209-статья 1-бөлиминде көрсетилген жынаятларды ислегенлиги бойынша тийисли мәкеме шөлкемлер ҳәм пуқаралар қатнасында додаланды.
Барно Жалгасбаева

Дерек: zaman.uz

Соңғы жаңалықлар