logo

Хызметкерлерге айлық мийнет ҳақы ўақытында берилиўи шәрт

"Олий Мажлис"тиң инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) Жиззақ ўәлаятының Фориш районында жасаўшы пуқара Ҳ. А. тәрепинен мийнет ҳақы берилмей атырғаны бойынша мүрәжат келип түсти.

Жазылыўына қарағанда, “Жиззақ суў тәмийнаты” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң Фориш районы филиалы хызметкерлерине үш ай даўамында мийнет ис ҳақын берместен келген.

Жумысшылар айлық ис ҳақыларын талап етип болса район ҳәм ўәлаяттағы бас есапшылар шөлкем кредит алғаны себепли сондай жағдай жүзеге келгени түсинтирилген.

Негизинде, Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 161-статясында мийнетке ақша төлеў мүддетлери жәмәәт шәртнамасы ямаса басқа локал норматив ҳүжжетте белгиленеди ҳәм ҳәр ярым айда бир реттен кем болыўы мүмкин емеслиги белгиленген.

Усы мүрәжат Омбудсман қадағалаўына алынғаннан кейин, хызметкерлердиң үш айлық ис ҳақлары төлеп берилди.

Мүражатшының сөзлерине көре, ҳәзирде жумысшыларға ис ҳақысы мүддетинен кешиктирилмеген ҳалда төленип атыр.

Соңғы жаңалықлар