14-ноябрь күни Самарқанд ўәлаятында “Камаз ҳәм Зил” маркалы жүк автомобиллери қатнасыўында жол транспорт хәдийсеси жүз берди. Бул хаққында Жол ҳәрекати қаўипсизлиги бас басқармасы баспасөз хызмети хабар бермекте.Оған көре, ўақыя саат 16:00 әтирапында ўәлаяттың Паяриқ районы аймағында өткерилген ылақ-көкпар ойынында жүз берди. Беллесиў болып атырған жер әтирапындағы бийикликте турған “Камаз” маркалы жүк автомобили айдаўшысы итибарсизлик қылып, қол тормызын тартпағанлығы ақыбетинде, автомобиль төменде ҳәрекетленип кыятирған “Зил” маркалы жук автмобили менен соқлығысқан.
Хабарға көре, ҳәдийсе ақыбетинде тән жарақатын алған пуқаралар жоқ. Бул жағдай бойынша Паяриқ районы ИИБ ЖТҲБ тәрепинен тергеў сорастырыў жумыслары алып барылмақта.
