Иранның қубласында жуз берген еки күшли жер силкиниўи ақыбетинде бир пуқара көз жумды, сегиз пуқара жарақатланды. Бул хаққында жергиликли "Mehr" агентлиги хабар бермекте.14-ноябрь, тусликтен соң 6,0 магнитудали еки жер силкиниўи жүз берген. Олардың эпицентри Бендер-Аббас қаласынан (Ҳурмозган ўәлаяты) шама менен 60 км узақлықта жайласқан.
"IRIB" аймаққа қутқарыў топарлары жиберилген.
