logo

Ўақтынша мийнетке уқыпсызлық напақасы қандай жағдайда 100% төленеди?

Төмендегилерге ўақтынша мийнетке уқыпсызлық напақасы ис ҳақысының 100% муғдарында төленеди:

 — ислеп атырған 1941-1945 жыллардағы урыс қатнасыўшысыларына;

 — байналминал жаўынгерлер ҳәм оларға теңлестирилгенлерге;

 — қараўында 16 жасқа (оқыўшылар 18 жасқа) жетпеген 3 ямаса одан артық балалары барларға;

 — Чернобил АЭСдағы аварыяны тамамлаўда қатнасқанларға;

 — Чернобил АЭСдағы авария нәтийжесинде радиоактив патасланыў зонасынан эвакуация етилген ҳәм көширилген, өткир лейкоз, аденома, рак ҳәм қәўипли кеселликке шалынғанларға;

 — мийнетте майыплығы ҳәм кәсип кеселлиги нәтийжесинде ўақтынша мийнетке уқыпсыз болғанларға.

Басқа хызметкерлерге төмендеги муғдарларда толықланады:

— жумыс стажы 8 жыл ҳәм одан көп хызметкерлерге ҳәм 21 жасқа жетпеген шын сағырларға ис ҳақысының 80% муғдарында;

— ис стажы 8 жылға шекем хызметкерлерге ис ҳақысының 60% муғдарында төленеди.

— Ўақтынша мийнетке уқыпсызлық напақасын белгилеў ушын тек белгиленген тәртипте берилген ўақтынша мийнетке уқыпсызлик (кеселлик бетти) тийкар болады.

Соңғы жаңалықлар