77 жаслы генерал-полковник президенттиң ҳуқықты қәуипсизлик етиўши ҳәм қадағалаў шөлкемлери искерлигин муўапықластырыў мәселелери бойынша мәслаҳәтшиси лаўазымынан кетти.Миллий қәўипсизлик хызметин 23-жыл басқарған Иноятов 2018-жыл 31-январында напақаға шығарылып, президент мәслаҳәтшиси ҳәм сенатор етип тайынланған еди. Ол 2020 -жыл басында қайта қәлиплескен Сенат қурамына киритилмеди, сол жылы Өзбекистан теннис федерациясы баслығы лаўазымында тапсырды.
Рустам Иноятов 1944-жылда Сурхондарья ўәлаяты Шеробод қаласында туўылған. Әскерий структуралардағы искерлиги армияда хызмет еткен дәуиринде СССР Мәмлекет қәўипсизлик комитети (КГБ) системасына жумысқа алыныўынан басланған. Әкеси Расул Иноятов да КГБ полковниги еди.
