logo

​Автомобиль жоллары қыс мәўсимине таярланып атыр

Республикамыздың барлық аймақларында Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары бас басқармасы системасындағы мәкеме-кәрханалар тәрепинен улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жоллары бойларына музғалаққа қарсы қум-дуз араласпасы себилип атыр. 
  
Қарлы-қыраўлы күнлерде пуқаралар ҳәм автомобиль басқарыўшыларының қәўипсизлигин тәмийнлеў, автомобиль жолларында музғалаққа (гололёд) қарсы барлық илажларды көриў бойынша орынларда таярлық жумыслары әллеқашан баслап жиберилген еди. 

Таярлық жумыслары шеңберинде қум-дуз араласпасын себиў ушын қосымша қорларды жаратыў бойынша зәрүр болған барлық жумыслар әмелге асырылып атыр. Әмелге асырылып атырған жумыслар техникалық қадағалаў ҳәм орынланған жумыслар қабыл етиў бөлими қәнигелери тәрепинен көрип шығылмақта. 

Қарақалпақ Автожол

Соңғы жаңалықлар