Рустам Иноятовдан босаған соң - президенттиң ҳуқық ҳәм қадағалаў шөлкемлери бойынша мәслаҳәтшиси лаўазымына Бахтыяр Жәҳәнгирович Исламов тайынланды.Ол 2020-жыл ноябринен берли президенттиң пуқаралар ҳуқықларын қорғаў ҳәм шақырыўлар менен ислеў мәселелери бойынша мәслаҳәтшиси Турсынхан Худайбергеновтың биринши орынбасары еди.
Искерлиги даўамында Ферғана ўәлаяты, Ташкент ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласында жынаят жумыслары бойынша судына баслық болған.
