logo

Тахтакөпирде 4 көше асфальтланды.

 
Тахтакөпир районы аймағындағы ишки хожалық жолларында «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында Тахтакөпир РЖПУКтәрепинен кең көлемли қурылыс оңлаў жумыслары алып барылды. Тахтакөпирли жол қурылысшыларының абаданластырыў жумыслары шеңберинде мийнетлерин бүгинги Белтаў мысалында көриўимиз мүмкин. 

Буннан тысқары райондағы ишки хожалық жолары жергиликли бюджет қаржылары, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли қарарлары тийкарында оңланып атырған болып, жақында райондағы Шараф Рашидов, Бердақ, Халықлар дослығы, Қоңыраткөл көшелери оңланып, 3 көшеге асфальт, Қоңыраткөл көшесине болса қум-щебен араласпасы (ЩПС) төселди. Халықлар дослығы көшесине алдынрақ асфальт төселген еди.

Асфальттың сапалы түрде басылыўы ушын Тахтакөпирли жолшылар күнди-күн, түнди түн демей мийнет етип, бүгинлигинде пуқаралар алғысына бөленип отыр. 

Қарақалпақ Автожол

Соңғы жаңалықлар