Министрликти 3 жыл басқарған Шерзод Шерматов хабар коммуникация технологиялары министри лаўазымына қайтты. Ол ХБМге келемен дегеншеде ХКТ министри еди. ХТКМниң алдынғы баслығы Шуҳрат Содиқов еки ҳәпте алдын социаллық тармақлардың блокланыўы себепли жумыстан алынған еди. Халық билимлендириў министри лаўазымына 40 жаслы Бахтиёр Одилович Саидов (сүўретте оңда) тайынланды. Ол – дипломат. 2017-жылдан берли Өзбекстанның Қытайдағы елшиси еди. Буннан алдын бир мүддет «Өзбекенгилсаноат» басқарыўы администрациясының 1-орынбасары – бас менежер болған.
