logo

Бозатаўда «қумар»пазлар анықланды

Өртаға пул тигилип ойналған ҳәр қандай «қумарпазлық» ойынлар ҳеш қашан жақсылыққа алып келмейтуғынын турмыста көп ушыратамыз. Бири хожалығынан, және бири ден саўлығынан айырылып атырғаны күнде болмасада ушырасатуғын жағдай.


Республика көлеминде өткерилип атырған "Түн" илажы даўамында Бозатаў районы Ишки ислер бөлими хызметкерлери тәрепинен алып барылған жумыслар нәтийжесинде Бозатаў районы аймағында жасаўшы пуқаралар М.Т, К.К, Р.У ҳәм Е.С лар ортаға пул тигип усындай карта (қумар) ойнап атырғанлығы анықланып, ҳуқықбузарлар қарсысына Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққында кодексиниң 191-статьясы 1-бөлими менен ис ҳүжжетлер топланып, топланған ҳүжжетлер Жынаят ислери бойынша Бозатаў районы суды тәрепинен "Онлайн" тәризде көрип шығылды ҳәм ҳуқықбузарларға БЕМ 3 есеси муғдарында 810 000 сўм жарима жазасы тайынланды.


Дерек: Тынышлық сақшысы телеграм каналы

Соңғы жаңалықлар