Мәжбүрий орынлаў бюросы Әмиўдарья районы бөлими ис жүритиўине Беруний районларара экономикалық судының 06.09.2021-жылғы қарыздар “К” атлы жеке-менщик кәрханасынан өндириўши “Жайхун инвест” жуўапкершилиги шекленген жәмийет пайдасына жәми 184 млн. 395,7 мың сўм қарыздарлығын өндириў ҳаққындағы орынлаў ҳүжжети бөлим ис жүритиўине 10.09.2021-жылда келип түскен ҳәм орынлаў иси қозғатылған.
Орынлаў ҳәрекетлери барысында, мәмлекетлик орынлаўшы тәрепинен, қарыздар кәрханаға Өзбекстан Республикасы “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында”ғы Нызамның 23-статьясына тийкар, орынлаў ҳүжжетинде белгиленген қарыздарлықты сапластырыў ушын 15 күнге шекем ықтыярый мүддет берилгенлигине қарамастан, талаплар орынланбағанлығы себепли, усы Нызамның 771-статьясына тийкар орынлаў жыйымын өндириў ҳаққында қарар қабылланған ҳәмде банк есап бетлерине инкасса тапсырмасы арқалы бәнт салынған.
Нәтийжеде, қарыздар кәрханадан банк есап бетине қойылған инкасса тапсырмасы арқалы жәми 184 млн. 395,7 мың сўм қарыздарлық ҳәм орынлаў жыйымы толық өндирилип, даўагер “Жайхун инвест” ЖШЖ есап бетине өткерип берилген ҳәмде орынлаў иси әмелде орынланғанлығы себепли жоқарыдағы Нызамның 41-статьясына бола тамамланды.
