Пуқаралық ислери бойынша Беруний районларара судының 17.09.2020-жылдағы орынлаў ҳүжжетине тийкар, жуўапкер Д.Р.дан талапкер Б.Самандаровтың пайдасына 45 млн. 669,8 мың сўм автотранспорт ушын алдыннан төленген пулы ҳәм 1,8 млн. сўм суд қәрежетлерин өндириў ҳаққындағы орынлаў ҳүжжети Бюроның Беруний районы бөлими ис жүритиўине келип түскен ҳәм мәмлекетлик орынлаўшы тәрепинен сол күнниң өзинде орынлаў иси қозғатылған.
Атап айтқанда, орынлаў ҳүжжети талапларын ықтыярый орынланыўын тәмийнлеў мақсетинде 15 күнлик мүддет берилген ҳәм қарыздарға тийисли мал-мүлклерди анықлаў мақсетинде тийисли мәкемелерге сораўлар жиберилген.
Алынған жуўапларға бола, жуўапкердиң атында болған “Ласетти” маркалы автотранспорты анықланған ҳәм қарыздар Д.Р. тәрепинен орынлаў ҳүжжети талаплары ықтыярый мүддетте орынлабағанлығы себепли “Ласетти” автотранспорты хатланған.
Соннан соң, хатланған автотранспорт 65 млн. 746,2 мың сўм басланғыш бахасы менен “Е-IJRО AUKSION” электрон-онлайн аукцион саўдаларына шығарылып сатылған.
Сатыўдан түскен қаржылар, талапкер Б.Самандаровқа толығы менен өткерип берилип, орынлаў ҳүжжети Өзбекстан Республикасы “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында”ғы Нызамының 41-статьясына тийкар тамамланған.
