Беруний районы ҳәкимлиги рәсмий каналында «Абай» АПЖ аймағындағы 17-санлы улыўма билим бериў мектеби сынға алынды.Онда жазылыўнша, мектепде жаслар менен ушырасқан район ҳәкиминиң орынбасары Д.Абдуллаевтың хабар бериўине қарағанда, мектеп суўық, директор ҳәм оның орынбасары жумыс ўақтында жумыс орнында болмаған.
Гүзек-қыс мәўсими даўамында Беруний районындағы тәбийий газден ажыратылған аймақлар көмир менен тәмийинленеди және социал тараўдың обектлери ыссы болыўы мудам қадағалаўда болады. Мағлыўмат ушын, Халық билимлендириў бәлимине қараслы 17-санлы улыўма билим бериў мектеби тәбийий газ менен тәмийинленген.
Дерек: Zaman.uz
