logo

Пуқараның қарыздарлығы МИБ тәрепинен өндирип берилди

Пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлар аралық судының орынлаў бетинде тийкарынан, қарыздар Р.Ш.дан өндриўши Д.Искандерованың пайдасына 49 млн. 123 мың сўм қарыздарлықты өндириў ҳаққындағы орынлаў бюросы Хожели районы бөлимине ис жүритиўшиге келип түскен.

Мәжбүрий орынлаў ҳәркетлери даўамында, қарыздар пуқараға усы орынлаў ҳүжжети таныстырылып, талапларын ықтыярый мүддет аралығында орынлаў ушын 15 күнлик мүддет берилген.

Бирақ, усы аралықта қарыздарлық төленбегени себепли, бөлим мәмлекет орынлаўшысы тәрепинен мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлерине кирисилген.

Орынлаў ҳүжжетиниң ижрасын тәмийинлеў мақсетинде қарыздардың жасаў мәнзилине шығылған ўақытта, қарыздар 49 млн. 123 мың сўм қарызды нақ төлеп берген ҳәм бул Д.Искандарованың тил хаты менен өз тастыйығын таўған.

Нәтийжеде, усы орынлаў иси «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы Нызамның 41-статьясына тийкар әмелде орынланын, тамамланған.

Соңғы жаңалықлар