Алдын хабар бергенимиздей, ҚР Денсаўлықты сақлаў министри Мурад Қурбанов пүткил Россия бойынша 25 репродуктив бағдардағы «Фомин клиникасы» клиникалар тармағы шөлкемлестириўшиси Дмитрий Фомин менен ушырасқан еди. Бул ушырасыўда тийкарынан Қарақалпақстанда репродуктив саламатлық бойынша еле де кең көлемли жумысларды әмелге асырыў, соның ишинде, «Фомин клиникасы» менен бирге ислесиўде Нөкис қаласында репродуктив саламатлық клиникасын ашыў бойынша сөйлесиўлер алып барылды.Усы сөйлесиўлер нәтийжеси сыпатында ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Фомин клиникасы ортасында Нөкис қаласында жеке репродуктив орай шөлкемлестириў бойынша Меморандумға қол қойылды. Бул репродуктив орайда репродуктив саламатлық, скрининг, туўма нуқсанларды ҳәм хромосомалық кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм емлеў, малоинвазив гинекологиялық операциялар әмелге асырылады. Соның менен бирге, орай қурамында өз алдына туўыў бөлими шөлкемлестирилиўи нәзерде тутылған.
Дерек: ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң рәсмий телеграм каналы
