Ферғана мәмлекетлик университети оқытыўшысы үлкен муғдардағы ақшаны “қумар”да утқызып қойғаны себепли өз жанына қаст етти. Бул ҳаққында Бас прокуратура Баспасөз қәнигеси Ҳаёт Шамсутдинов хабарлады. Алып барылған оператив сорастырыў даўамында Р. Б. Ферғана мәмлекетлик университетинде оқытыўшысы лаўазымында ислеп келгени, «1 хбет” букмейкерлик компаниясы арқалы тәўекелшиликке тийкарланған “қумар” ойынлары ойнаўы, 16. 11. 2021-жыл Ферғана ўәлаяты, Ферғана қаласында жасаўшы «Ҳуршидбек» атлы шахстан усы “қумар” ойынларын ойнаў ушын 57. 000. 000 сўм муғдарындағы пулларды қарызға алғаны ҳәм «1 хбет» ойынында усы пулларды утқызып қойғаны анықланды.Дерек: Kar24.uz
