logo

Хорезм ўәлаяты Айрықша жағдайлар басқармасы жумысшысы 30 мың доллар пара менен усланды

Хорезм ўәлаяты Айрықша жағдайлар басқармасы жумысшысы исбилерменге жерди рәсмийлестирип бериў орнына пара алып атырғанында усланды. Бул ҳаққында Мәмлекет қаўипсизлик хызмети хабар берди.
 
Хабар берилиўине қарағанда, ол 30 жаслы жергиликли пуқара менен келген ҳалда, Ургениш районындағы МЧЖ балансында болған 30 сотик жер майданын исбилерменлик пенен шуғылланбақшы болған шахс атына таныслары арқалы рәсмийлестирип бериў орнына 50 мың доллар талап еткен.

ДХХнң Хорезм ўәлаяты бойынша басқармасы ҳәм Бас прокуратура жанындағы департаменттиң аймақлық басқармасы хызметкерлери тәрепинен өткерилген оператив илажда олар сораған пулдан 30 мың долларды алған ўақтында усланған.
 Хорезмде гүзетилген тағы бир жағдайда болса Хийуа қаласында жасаўшы 37 жаслы пуқара исбилерменлик пенен шуғылланбақшы болған шахсқа Ургениш қаласы аймағынан 2 сотик жер майданы алып бериў ушын 30 мың доллар талап етип, алдынан 20 мың доллар алған ўақтында усланған.

 Ҳәзирде бул жағдайлар бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статыялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Еслетип өтемиз, Наманганда район салық инспекцияси баслығы 15 мың доллар пара алып атырғанида усланған, Алмалықда “Ташкент суў тәмийнаты” филиалы баслығы пара менен қолға түскени ҳаққында хабар берилген еди.

Соңғы жаңалықлар