logo

Орайлық банк 1HLSW ҳәм GlobalPay электрон пул системасы искерлигине рухсат берилди

Электрон пуллар системасы искерлигине рухсат берилди, деп хабар бермекте Орайлық банк баспасөз хызмети.

Төлеў шөлкеми литсензиясына ийе болған “Genesis Innovation” ЖШЖ тәрепинен “1HLSW” электрон пуллар системасы искерлигин шөлкемлестириў ҳәм Алоқабанк актциянерлик коммерция банки тәрепинен усы электрон пуллар системасының эмитенти ретинде электрон пулларды шығарыў искерлиги бойынша усыныс етилген ҳүжжетлер үйренип шығылды.

Үйрениў нәтийжесинде “Өзбекстан Республикасы аймағында электрон пулларды шығарылыўы ҳәм мәмиледе болыўы қағыйдалары”на (дизим номери 3231, 29.04.2020 жыл) көре, “1HLSW” электрон пуллар системасы Орайлық банктың Электрон пуллар системасы реестрине киритилип, электрон пуллардың шығарылыўы искерлигине рухсат берилди.

Соңғы жаңалықлар