logo

Санкт-Петербургда мектеп оқыўшысын зорлаған Өзбекстанлы пуқараға жынаят иси қозғатылды

Россияда мектеп оқыўшысын зорлаған деп айыпланып атырған 20 жаслы Өзбекстан пуқарасы қолға алынды, деп хабар берди “Фонтанка”.

Мағлыўматларға көре, жигит Санкт-Петербургдағы Пискаревский бағында 13 жаслы қызға ҳүжим еткен.

Жәбирлениўшиниң анасы полицияға муражат еткен, кейинирек шама менен бир күннен кейин жынаятта гүманланып, миграция шөлкемлеринде дизимнен өтпеген 20 жаслы Өзбекстан пуқарасы қолға алынған. Жәбирлениўши болса 10 ноябрь күни зорланған 13 жаслы қыз еди.

Бул жағдай бойынша  132-статя “Жыныслық характердеги зорлық ҳәрекетлери” менен жынаят иси қозғатылған.

Соңғы жаңалықлар