logo

Қалтаға пышақ салып жүриў «мода» болдыма?

Бүгинги күнде айырым мектеп жасындағы балалардың жанына өткир кесиўши пышақ, шаққы алып жүриўлери көплеп ушыраспақта. Перзент тәрбиясына, оларды турақлы қадағаламаў нәтийжесинде мектеп оқыўшылары арасында әйне пышақласыў жағдайлары айырым қала, ўәлаят мектеплеринде ушырасқанын еситип көрдик.

Бүгин усындай жағдайлардың алдын алыў, оқыўшы жаслар арасында профилактикалық сәўбетлер өткериў мақсетинде Ишки ислер органаларының ҳуқықбузарлықлар профилактикасының тийисли тараў хызметкерлери тәрепинен «Тыйық» иләжы алып барылмақта.
Иләж барысында айырым мектеп оқыўшылары арасынан пышақ, шаққы, ҳәм басқада суўық қураллар табылыўы ҳәр бир ата-ананы сергекликке шақырыўы керек.

-Жақында Тақыятас районы ХББ қараслы 3-санлы мектепте өткерилген «Тыйық» иләжы барысында мектептиң жоқары класс оқыўшысы жанынан шаққы, «кастет» шықты ҳәм тийисли тәртипте рәсмийлестирилди.
Усы жағдай бойынша мектеп оқытыўшылары ҳәм оқыўшылары арасында профилактикалық сәўбет өткерилип, оқыўшы жасларға бундай жағдайлар унамсыз жуўмақланыўы мүмкинлиги түсиндирилди,-дейди иләж катнасыўшылары Тақыятас районы Ишки ислер бөлими ҲПБ Жас-өспиримлер мәселелери бойынша аға инспектор психологы, майор У. Тлеўмуратов ҳәм инспектор психологлары аға сержантлар У. Артиков, О.Низаматдиновлар.
Иләж даўам етекте.

Тынышлық сақшысы
Ө.Есенбаев.

Соңғы жаңалықлар