logo

«Биз зорлыққа қарсымыз!»

Айырым шаңарақлардағы ушырасатуғын зорлықларға қарсы гүресиў, ерли-зайыплылардың арасындағы алып келиўши келиспеўшиликлердиң алдын алыў бул арқалы ҳаял-қызларды зорлықлардан қорғаў мақсетинде орынларда «Биз зорлыққа қарсымыз» иләжы шеңберинде ушырасыўлар, семинарлар шөлкемлестирилмекте. Усындай иләждың бири 19-ноябрь күни Нөкис районы музыка мектебинде шөлкемлестирилди. 

Иләжда Ҳаял-қызларды реабилитация қылыў ҳәм масластырыў директоры Г.Жоллыбекова, С.Насырова, психолог Р.Аманова, район мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап қуўатлаў бөлими баслығы орынбасары З.Абдимуратова, сондақ-ақ, районлық Ишки ислер бөлими ҲПБ ҳаял-қызлар мәселелери бойынша аға инспекторы Р.Сармановалар қатнасып өткерилип атырған иләждың әҳмийети, ҳаял-қызларды қорғаўда мәмлекетимиз тәрепинен алып барылып атырған ис-иләжлар ҳаққында айтып өтти. Соның менен қатар ҳаял-қызларға қорғаныў ордерлериниң бериў тәртиби, оның мақсети туўралы мысаллар менен түсиниклер берилди.Ҳаял-қызлар менен жеке сәўбетлесиўлер алып барылып, өткерилип атырған  «Биз зорлыққа қарсымыз» иләжына ҳаял-қызларды белсене қатнасыўға шақырды. 

«Тынышлық сақшысы» газетасы

Соңғы жаңалықлар