logo

Новосибирскда Қытайлы мигрантларға ҳүжим қылған 6 Өзбекистанлы пуқара қамалды

Новосибирскда Өзбекистанның 6 пуқарасы Қытай пуқараларына ҳүжим еткенликте айыпли деп табылды. Олардан бири адам өлтириў де айыпланды.

Новосибирск суды Новосибирск областындағы ыссыхана комплексинде ислеген Қытайлықларға ҳүжим еткен 6 Өзбекистан пуқараларынан ибарат жынаятшы топарға ҳүким қылған.

Олардан 5 пуқара 8 жылдан 10 жылға шекем мүддетке колонияга жөнетилди, адам өлтириўде айыплы деп табылған және бир мигрант 16 жылын тикенли сым артында өткереди.

Россия Тергеў комитети регионлық басқармасы баспасөз хызмети хабарына көре, жынаятшы топар 2019-жыл жазында ыссыхана комплекси аймағында Қытай пуқараларына кеминде еки рет ҳүжим еткен. Олар өз жәбирлениўшилерин таяқласқан ҳәм затларын урлап кеткен, ҳүжим ўақтында Қытайлықлардан бири өлтирилген. Ҳүжим нәтийжесинде жеткизилген жәми зыянь 1, 7 миллион рубль (23 мың доллар ) ға баҳаланып атыр.

Ҳүким еле нызамлы күшке кирмеген, деп аталады мәкеме усыныс еткен мағлыўматда.

Соңғы жаңалықлар