15-19 ноябрь күнлери Өзбекистан Республикасы товар-шийки өним биржасында өткерилген ашық биржа саўдалары жуўмақларына көре АИ-80 маркалы автомобиль бензинниң орташа сатылыў баҳалары бир тоннасы ушын 10 129,4 мың сумнан 9 168,4 мың сумға шекем, яғный 9,5% төменледи.Ҳәпте жуўмағына көре биржа базарының усы сегментинде усыныс дәрежеси 3,1 пайызға өсти.
Соның менен бирге, биржа саўдаларына қойылған бензин көлеминде киши 1 тонналық лотлардың үлеси 6% тен 30 % шекем асырылған. Буның нәтийжесинде биржа саўдалары арқалы бензинди сатып алған қарыйдарлардың саны 32 ден 143 шекем, яғный 4, 5 есеге көбейди.
Ескертип өтемиз, түрли дереклерде келтириўинше автомобиль бензинниң 1 тоннасы орташа 1293-1370 литрди қурайды.
Усы жылдың 15-19-ноябрь күнлери биржа саўдаларына қойылған АИ-80 маркалы автомобиль бензини саўдаларында 556 исбилерменлик субьектлери қатнасып, өткен ҳәптеге (249) салыстырғанда бул көрсеткиш 2,2 есеге көбейди.
Бунда, киши көлемдеги лотлар бойынша саўдаларда қатнасыўшы қарыйдарлар саны 345 ти қурап, олар улыўма саўда қатнасыўшыларының 62 пайызға туўры келген.
