logo

​Автомобильден урлық ислегенликте гуманланып атырған шахс қолға алынды

Алмазор-районы ИИО ФМБдан келип түскен хабарға көре, 20-октябрь күни саат 07:45 тен 17:20 ға шекем болған ўақыт аралығында намәлим шахс 44 жаслы Еркин Х.га тийисли болған “Gentra” автомобили есигиниң қулпын бузып, салондағы барсеткадан 5.000.000 сўм ҳәм 1.300 АҚШ долларын алып кеткен.

Бул жағдай тийкарында Өзбекистан Республикасы Жынаят кодексиниң 169 -статясы (“Урлық”) бойынша жынаят иси қозғатылды.

Көрилген шаралар нәтийжесинде гүманланыўшы - 17 жаслы М. П. қолға алынды. Тергеў жусыслары даўам етпекте.

Соңғы жаңалықлар