
Бул “Бозатаў” аўыл пуқаралар жыйынындағы Шағырлы ҳәм Мухан аўылларын байланыстырып турыўшы көпир. Ол арқалы Мухан аўылдың балалары Шағырлыдағы мектепке өтеди. Көпир оқыўшылардың мектепке қатнаўында қыйыншылық туўдырып киятырған еди.
Усы машқалаларды Мойнақ районы ҳәкимине айтып, мүрәжат еткен аўыл халқының мәселеси унамлы шешилди.
– Алдыңғы көпирди көпир болмайтуғын еди. Ҳәкимлик басшылығында исленген бүгинги саўаплы исти – көпир оңланды деп емес, жаңадан салынды десек асыра айтқан болмаймыз, – дейди аўыл турғыны Малшыбай Қырықбаев.
Солай етип, көпирди пайдаланыўға тапсырыў салтанатына район ҳәкими Е. Еденбаев, оның орынбасарлары, көпир қурылысына қатнасқан мекеме хызметкерлери ҳәм еки аўыл жасы үлкенлери қатнасты.
Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
