2021-жыл 18-19-ноябрь күнлери Самарқанд уәлаятында Өзбекстандағы медициналық жоқары оқыў орынлары студентлериниң 1-форумы болып отти.
Форумға 8 медициналық ЖООларынан 100 ден аслам студент қатнасты. Қуўанышлы тәрепи бул форумда "Ең жақсы жойбар" бағдарында Қарақалпақстан медицина институты жеңимпаз табылып, 15 млн сўм менен сыйлықланды.
Және де форум шеңбериндеги "Зәкаўат" ойынларында Қарақалпақстан медицина институты 3, медициналық дебатта 2-орынды ийелеген.
"KarOne.uz" сайтымыз атынан жеңимпазларды қутлықлаймыз.
Дерек: "Ел хызметинде" газетасы
