logo

Нәўбетши бөлим хабарлайды

Жол транспорт ҳәдийсеси

20.11.2021-ж. саат 21:55те Беруний районы турғыны Х.М. «Кобальт» маркалы автомашинасын А.Навоий АПЖның ишки асфальт жолы менен басқарып киятырып, жолдың шетинде баратырган Беруний районы турғыны Х.А.ны қағып алып, уақыя болған жерден кетип қалған. 

20.11.2021-ж. саат 20:30да Тахтакөпир районы турғыны У.Ж. «Ласетти» маркалы автомашинасын Тахтакөпир районы Өзбекстан МПЖ аймағынан өтип турған «Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир» 4Р-176 асфальт жолынын 101-км.де басқарып киятырып, жолдың шетинде баратырған Қараөзек районы турғыны А.А.ны қағып алған. Нәтийжеде А.А. дене жарақатын алып, ўақыя болған жерде қайтыс болған. 

 Алдаўшылық

17.11.2021-ж. саат 19:40та Департаменттиң ҚР Беруний районы бөлими, Төрткул районы бөлими, Төрткул районы прокуратурасы ҳәм МҚХ Төрткул районы бөлими хызметкерлери тәрепинен пуқара Х.И.тың арзасына тийкар өткерилген оператив иләж барысында, Төрткул районы турғыны  С.Г. арза ийеси Х.И.дың исенимине кирип, Төрткул районы “Аккамыс” АПЖ аймағынан 3 гектар көл ҳәмде 3 гектар егиншилик жәми 6 гектар жер майданын ҳеш қандай хүжжетлерсиз алдаўшылық жолы менен алып бериўди уәде қылып, есесине 10.000 АҚШ долларын талап қылып, Төрткул районы “Аккамыс” АПЖ аймағында жайласқан Азық-аўқат дүканы алдында, Г.С. талап қылынған 10.000 АҚШ доллардың   5.000 АҚШ долларын арза ийеси Х.И.тан алған ўақтында усланған. 
  
18.11.2021-ж. саат 10:45те Департаменттиң ҚР басқармасы ҳәм ҚР прокуратурасы хызметкерлери тәрепинен пуқара Ж.Х.ның арзасына тийкар өткерилген оператив иләж даўамында, Хожели районы турғыны Хожели районы Медицина бирлеспесине қараслы көп тармақлы поликлиникада мийрибийке, Ю.М. арза ийеси Ж.Х.ның исенимине кирип, өзиниң таныслары арқалы Хөжели районы Медицина бирлеспесине үлкен мийрибийке лаўазымына жумысқа жайластырыў ушын 10 млн. сум пул сорап, соннан 5 млн. сум пулды аванс сыпатында талап қылып, Хожели районы Медицина бирлеспесине қараслы көп тармақлы поликлиника имәратының хызмет ханасында М.Ю. арза ийеси Ж.Х.дан 5 млн. сум пулды алған ўақтында усланған.
 
Жоқарыдағы барлық жағдайлар бойынша тийисли уйымлар тәрепинен ис қозғатылып, тергеў-сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

"Тынышлық сақшысы"телеграмм каналынан алынды


Соңғы жаңалықлар