Бүгин, 22 ноябрь күни Өзбекстанда қурғақ ҳәм жыллы ҳаўа райы болыўы күтилмекте, Қызыл-Орда бойлап бултлардың өтиўи есабына тек Ташкент ўәлаятында күнниң биринши ярымында азмаз жаўын жаўыўы мүмкин. Ҳаўа температурасы 13-18 дәрежеге жыллы болады, бул нормадан 3-5 дәрежеге жоқары болып елапланды.Узгидромет хабарына көре, 23-24 ноябрь күнлери аномал жыллы ҳаўа райы сақланып турады, бирақ Каспий теңизиниң қубла аймақларындан ызғар ҳаўа кирип келиўи күтилмекте. 23 ноябрьде республиканың қубла-батыс, 24 ноябрьде қубла районларында аймақларында жаўын жаўады. Температура 13-18 дәреже жыллы болады.
25-26 ноябрь күнлеринде Өзбекстан аймағына Волга бойы аймақларындан және антициклон кирип келиўи күтилип атыр. 25 ноябрьде республиканың арқа аймақларына, 26 ноябрьде республиканың қалған аймақларында айырым орынларда жаўын жаўады, таўлы аймақларда жаўын (жаўын, қар) болады, самал тезлиги 15-20 м/с ге шекем күшейеди. Ҳаўа температурасы тунде бултлы болып 9-11 дәреже жыллы, 26 ноябрьге келип кундизги күнлери нормал жағдайға шекем пәсейеди ҳәм 8-13 дәрежени қурайды
