logo

Россияда аўыр тән жарақатын алған ҳәм кеселликке шалынған Қарақалпақстанлы пуқара елимизге қайтарылды

Россияда аўыр тән жарақатын алған ҳәм кеселликке шалынған еки пуқара Өзбекстанға қайтарылды. Бул ҳаққында Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги хабар берди.

Олардан бири Қарақалпақстанлы С. М. болып, 2020 жылдың декабрь айында Россияға ислеў мақсетинде барған ҳәм 2021 жылдың сентябрь айында ден саўлығы кескин жаманласқаны себеп мийнетке жарамсыз болып қалған. Және бир пуқара Наманганлы 51 жаслы Ж. Б. болып, ол 2021 жылдың сентябрь айында Москваға ислеў ушын барған ҳәм бахтсыз ҳәдийсе себеп аяғынан аўыр жара алған.

Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги пуқараларды фонды қаржлары есабынан 19 ҳәм 21 ноябрь күнлери Москва—Ташкент авиарейслери арқалы Өзбекстанға қайтарған.

Олар агентлик хызметкерлери тәрепинен Ташкент халық аралық аеропортында тез медициналық жәрдем бригадасын жыйнаған ҳалда күтип алынып, Республика тез медициналық жәрдем илимий орайына апып барылған.

Соңғы жаңалықлар