logo

“Ёр-Ёр” ҳәм “Маҳаллада дув-дув гап” көрсетиўлери қатты сын пикирлерге ушырады.


Президент бас министрге мәселени қадағалаўға алыўды буйырды!

Шайхонтоҳур районына сапары даўаминда мәмлекет басшысы мәҳеллеледеги белсендилер менен көристи. Жыйналыста «Нуроний» фондының Ташкент қала кеңеси баслығы Рустам Калонов да сойледи.

«Мине, ҳүрметли президент, мәҳеллелерге үлкен итибар бермектесиз. Бирақ бир пикир бар еди - «Севимли» телеканалында «Маҳаллада дув-дув гап» деген көрсетиў бар. Улыўма бизиң дәстүрлеринемизге қарсы. Қандай етип оны шаңарақ ағзаларимиз бенен тамашашалаў мүмкин, ҳайранман. Соншалық бир мәселени талқыламақшы екен, сол мәҳеллесине барып ислесин. Және «Ёр-Ёр» дегени де бар. Ол жерде шығып ҳаяллар куйеў таўаман дейди, ер адамлар ҳаял. Жақсы ер адам болса өзи ҳаял таўып алады»-деди Рустам Калонов.
 
Президент илажда қатнасып атырған бас министрге тапсырма берди: «Абдулла Неьматович, өзиңиз қадағалаўға алың бул мәселени»-деди мәмлекет басшысы.

Соңғы жаңалықлар