22-ноябрь күни МҒКАда болып өткен брифингде Бәнтлик ҳәм мийнет мүнәсибетлери министрлиги информация хызмети басшысы Мавжуда Мирзаева мәжбүрий мийнеттиң алдын алыў, мийнетти қорғаў ҳәм халық бәнтлиги мәселелери бойынша мағлыўмат берди.Хабар берилиўине қарағанда, 2021-жылдың 10 айы даўамында 558 рет жүз берген бахытсыз ҳәдийселер әқыбетинде 623 хызметкер жәбирленип, соннан 166 хызметкер қайтыс болған, 432 хызметкер аўыр тән жарақатын алған болса, 25 хызметкер жеңил тән жарақатын алған.
Усы бахытсыз ҳәдийселердиң бәршеси белгиленген тәртипте арнаўлы тексериў комиссиялары тәрепинен тексерилди, сондай-ақ, тексериў процессинде бахытсыз ҳәдийселерди келип шығыў себеплери анықланып, бахытсыз ҳәдийсе әқыбетинде жәбирленген 623 жумысшы ҳәм хызметкерлерди нызамлы ҳуқықларын қорғаў бойынша жуўмақ шығарылған.
