Усы жылдың 24-ноябрь күни саат 07:00 лерде Нөкис қаласы 22-киши районы 8/6-жай 43-квартирада ижарада жасайтуғын Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студенти Р.Р. (ер адам) үйине орнатылған жылытыў қазаны трубасынан сызып шыққан газ ийисинен зәҳәрленип қайтыс болғанлығы анықланды. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы хабар берди.Усы жағдай бойынша марҳум Р.Р.ға суд-медициналық экспертизасы тайынланған.
Жағдай бойынша Нөкис қалалық прокуратурасы тәрепинен тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Тексериў ҳәрекетлери Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы тәрепинен қадағалаўға алынған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
