Президент басшылығындағы болып өткен жыйналыста қыйтақ жер хожалығын раўажландырыўды айтып өтти.
«Халық табысын асырыў хәм базарлардағы молшылықты тәмийинлеў ушын ҳәр бир шаңарақта кеминде 100 паренде қус, 20 қоян, 5−6 қой, ешки, 5 пал ҳәрре уяларын багыўды жолға қойыў зәрүр», — деп айтып өтти жыйналыста Шавкат Мирзиёев.
Президент ҳәким жәрдемшилери мәҳелледе ислерди усындай жойбарлардан баслаўы кереклигин қосымша етти.
Соның менен бирге, жыйналыста 500 мың гектарлық тамарқадан пайдаланыў ушын 100 млн доллар ажратылыўын хабар берди. Тамарқа хызмети кәрханаларына да 300 млн сўмға шекем кепилликсиз кредит бериледи, олар қатнасыўында кластерлер шөлкемлестириледи. Ҳәр бир районда кооперациялар шөлкемлестирилип, оларға субсидиялар бериледи.
