logo

Ферғанадағы балалар бақшасында ер адамның өли денеси таўылды. Ол ийис газинен зәҳәрленген болыўы мүмкин

Мектепге шекем билимлендириў Министирлиги социал тармақларда Ферғанадағы балалар бақшасында бир пуқараның өлиги таўылғаны хаққында тарқалған хабарларға рәсмий мунасебет билдирди.

Хабар берилиўине қарағанда, 20-ноябрь күни саат 07:00 ларда ўәлаяттың Қостепа районындағы “Қорғонча” мәҳеллеси Пахтаобод көшесинде жайласқан 27-мектепге шекем тәлим шөлкеми имәратында бир пуқараның өли денеси таўылған.

Бул жағдай Ферғана ўәлаяты мектепге шекем тәлим басқармасы администрациясы тәрепинен толық қадағалаўға алынған.

Соның менен бирге, Қостепа районы ҳәкиминиң қарары менен усы бахтсыз ҳәдийсе себеплери арнаўлы исши топар тәрепинен уйренилмекте , үйрениў жуўмақланған соң бул ҳаққында қосымша мағлыўмат берилиўи айтылған.

Мағлыўмат ушын, бул шахс 27-санлы мәмлекет мектепке шекем тәлим шөлкеминде мәўсимий от жағыў ўазыйпасында искерлик жүргизген. Суд медициналық экспертизасының дәслепки жуўмағына көре, ийис газинен зәҳәрленген деп басланғыш жуўмақ берилген.

Еслетип өтемиз, Нөкисте ижарада жасаўшы 18 жаслы студент ийис газинен зәҳәрленип қайтыс болған еди, Самарқандда контейнерден өли ҳалда таўылған еки жумысшы да ийис газинен заҳәрленип көз жумғаны мәлим болған.

Соңғы жаңалықлар