logo

47 жерлесимиз жумыс ислеў ушын Корея Республикасына кетти

Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет мунасәбетлери ҳәм де Корея Республикасы Мийнет министрликлери ортасында Бәнтликке рухсат бериў системасы тийкарында Өзбекстан пуқараларын Қубла Корея аймағында жумысқа жайластырыў бойынша шериклик меморандумы шеңберинде жерлеслеримиз бул мәмлекетте мийнет искерлигин әмелге асырыў мақсетинде кетти. 

Бирақ, 2020 жылдың март айында дүняьда COVID-19 пандемиясы басланыўы әқыбетинде енгизилген шеклеўлер себепли жумысшы күши жибериўши барлық мәмлекетликлер, сондай-ақ Өзбекстан пуқараларын Корея Республикасына жумысқа жыбериў процеси тоқтатылғган еди.

Корея Республикасы Мийнет министрлиги рәсмий баянатына көре, усы жылдың ноябрь айының ақырында жумысшы күши жибериўши барлық мәмлекетликлер, сондай-ақ Өзбекстаннан Е-9 жумысшы визасы менен мийнет мигрантларини қабыллаў процеси тиклениўи режелестирген. 

Корея Республикасының тийисли шөлкемлери менен алып барылған өз-ара келисиўлер нәтийжесинде шәртнама тийкарында Корея Республикасына барып, мийнет искерлигин (бир кәрханада 4 жыл 10 ай ислеп) тамамлаған соң, шәртнама менен келген пуқараларды жумысқа жибериў бойынша келисимлерге ерисилди.

Бүгин, 26- ноябрь сондай пуқаралардың дәслепки топары, яғный 47 Корея тәрепиниң талабына тийкарынан, карантин қағыйдаларына толық әмел еткен ҳалда Ташкент халық аралық аеропорты арқалы Корея Республикасында ўақтыншалық мийнет искерлигин әмелге асырыў ушын кетти.

Жерлеслеримиз Корея Республикасына жетип барғаннан кейин 10 күнлик карантинде болады ҳәм соннан кейин жумыс баслайды.

Соңғы жаңалықлар