logo

МОБ 3 мыңнан аслам адамды излеўге берген

Бүгинги күнде қарыздар болған 3 мыңнан аслам физикалық шахслао излеўге берилген. Бул ҳаққында Мәжбурий орынлаў бюроси хабарлады.

Жазылыўына қарағанда, Бюро шөлкемлери тәрепинен әмелге асырылған оператив-излеў искерлик нәтийжесинде усы жылда қарыздарлығы себепли 7 800 ден зыят физикалық шахсқа излеў жәрияланған болып, соннан 4 мың 500 (58 %) асламы, мәжбурий орынлаў ҳәрекетлери өткерилген.

Ҳәзирде 3 264 қарыздарды излеп табыў илажлары көрилмеқте. Айтылыўына қарағанда, бул адамлардың 2 149 республика аймағында жасырнып жүргенлиги, 1 115 болса, сырт елге түрли мақсетлерде шығып кеткени анықланған.

Излеўдеги шахслар табылыўы нәтийжесинде қарыздарлардан жәми 30 млрд 700 млн сўм, сондай-ақ 22 млрд 800 млн сўм алимент пуллары өндирилип, жас өспирим перзентлердиң материаллық тәмийнат алыўлары тәмийинленген.

Бюро шөлкемлеринде суд ҳүжжетлерине тийкарынан перзентлердиң аналары тәрбиясына алып бериў менен байланыслы орынлаў жумыслары менен мудамы шуғылланып келген. Ҳәзирде, 80 нен артық атқарыў жумыслары бойынша қыдырыўда болған перзентлердиң аналарына қараўына алып берилиўи бойынша 57 атқарыў жумыслары әмелде жуўмақланды. Қалған жумыслары бойынша излеў ҳәрекетлери даўам етпекте.

Соңғы жаңалықлар